“Жасыл мәкан” акциясына старт берилди
Усы жылдың 15-ноябрь күни Нөкис қаласында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде гүзги терек нәллерин егиў жумысларына старт берилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимиздиң абаданлығын, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў ҳәм жасыл аймақлардың пайда етилиўинде пүткил халқымыз бенен бирге ат салысыўымыз керек екенлигин атап өтти.
Илажда Министрлер Кенесиниң Баслығы Ф.Эрманов, мәкеме-шөлкем басшылары, белсенди жаслар, нураныйлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәмде екологиялық жағдайды жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта. Әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде қала ҳәм районларда ҳәр түрли декоратив ҳәм мийўели терек нәллери егилиўи даўам еттирилип атыр.
Быйылғы гүзги терек егиў мәўсиминде 8 млн. 781 мың дана декоратив ҳәм мийўели терек нәллерин егиў, Нөкис қаласы ҳәм район орайларындағы 19 гектар майданда «Жасыл жәмийетлик парк»лер жаратыў режелестирилген. Бул илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде питомниклерде 10 млн. данадан артық декоратив ҳәм мийўели терек нәллери жетистирилмекте.
Бүгинги илажда таярланланған жер майданларына жақсы нийетлер менен терек нәллери отырғызылды.









