«Тах-төбе» етно аўылында Халықаралық етно-мәдений фестивалы өткерилди
Бүгин Тахтакөпир районының «Белтаў» елатында, «Тах-төбе» етно аўылында Халықаралық етно-мәдений фестивалдың ашылыў салтанаты өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық жыйналғанларды фестивал ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қазақстан Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамкулов қатнасты.
Атап өтилгениндей, әсирлер даўамында түрли миллет ўәкиллери бир халық болып, аўызбиршиликли түрде жасап, елимиз раўажланыўына өзиниң мүнәсип үлесин қосып келмекте.
Ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен қайта өмир бағышланған «Белтаў» елатында кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылып, бүгин шын мәнисинде жаңаша келбетине ийе болды. бул елат жанында «Бөрши таў» төбесинде қурылған, өтмишимизден дерек бериўши, миллийлигимизди өзинде жәмлеген «Тах-төбе» етно-аўылы аймаққа және де өзгеше сән, өзгеше шырай бағышламақта.
Бүгинги өткерилген етно-мәдений фестивалдың әйне усы орында өткерилгенлигинде үлкен мазмун бар. Себеби, бул жерде шөлкемлестирилген 70 Қара үй елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң өзлигин сәўлелендирип турған болса, қоңсы аўыл көринисин өзинде жәмлеген 16 Пахса үйлер арқалы ата-бабаларымыздың жасаў шараятлары менен жақыннан танысыў имканиятына ийе боламыз.
Өткерилген фестивал шеңберинде шөлкемлестирилген түрли илажлар, туўысқан халықлардың миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин өзинде жәмлеген түрде саҳналастырылған көринислер, миллий аяқ ойын ҳәм қосықлар атқарылыўы, халқымыздың миллий ойынлары, бақсы ҳәм жыраўлардың әжайып шығыўлары ҳәммеге бирдей унады.
Жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген фестивал сырт елден келген мийманлар, жергиликли қатнасыўшыларда үлкен тәсирлер қалдырды.



















