Қарақалпақстанда улыўма баҳасы 3,5 миллиард долларлық «Модулли интеллектуаллық есаплаў орайын қурыў бойынша Ҳәрекетлер режеси»не қол қойылды
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 22-октябрьдеги 189-санлы Пәрманы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов, Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов ҳәм Қытай Халық Республикасы «Shanghai LinkWise» компаниясының баслығы Ванг Суйху тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында «Модулли интеллектуаллық есаплаў орайын қурыў бойынша Ҳәрекетлер режеси»не қол қойылды.
Қарақалпақстанда әмелге асырылыўы режелестирилген жойбардың улыўма баҳасы 3,5 миллиард АҚШ доллары болып, ол еки басқышта әмелге асырылады.
Биринши басқышта 700 миллион доллар инвестиция киргизилип, қурылыс жумыслары 2026-жылда басланыўы нәзерде тутылған.
Екинши басқыш келеси үш жылға мөлшерленген болып, 2,8 миллиард долларға шекем қосымша инвестицияларды өз ишине алады.
Екинши басқыш жуўмақланғаннан соң есаплаў комплексиниң улыўма қуўатлылығы 300 МВт ИТ-жүклемеге жетеди. Бул болса оны региондағы ең ири комплекслердиң бирине айландырады.
Және бир әҳмийетли тәрепи, бул жойбардың қурылысы, иске қосылыўы ҳәм хызмет көрсетиў басқышларында қосымша жумыс орынлары жаратылады.
Оның әмелге асырылыўы жоқары маманлыққа ийе ИТ-қәнигелер, инженерлер ҳәм излениўшилерди таярлаў ҳәм оларды жумысқа тартыў, сондай-ақ, регионаллық билимлендириў инфраструктурасын раўажландырыў ушын хошаметлеўши фактор болады.
Республикамыз ушын бул жойбар Орайлық Азияның санлы економикалық орайын қәлиплестириў, технологиялық еркинликти арттырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў бағдарындағы қәдем сыпатында айрықша әҳмийетке ийе.
Атап өтиў керек, жойбарды биргеликте әмелге асыратуғын «Шангҳаи ЛинкЎисе» компаниясы Қытайдағы жасалма интеллект, кең өлшемли мағлыўматлар ҳәм суперкомпютер системалары шешимлерине қәнигелескен жоқары технологиялы компания болып есапланады.
Бул компания Қытай технологиялық екосистемасының жетекшилериниң бири болып, мәмлекеттиң стратегиялық басламаларында, соның ишинде, Линганг еркин саўда зонасын раўажландырыў ҳәм «Бир мәкан, бир жол» басламасы шеңбериндеги жойбарларды әмелге асырыўда қатнасып келмекте.
Республикамыздағы жойбар Қытай, Мексика, Малайзия, БАӘ ҳәм АҚШта әмелге асырылып атырған «ЛинкЎисе» халықаралық басламаларының даўамы болып табылады.







Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Мәлимлеме хызмети