Республика ҳаял-қызлар конференциясы болып өтти
Бүгин Нөкис қаласында ҳаял-қызлардың економикалық белсендилигин арттырыў, исбилерменлик ҳәм өнерментшиликтеги қатнасына бағышланған "Ҳаял-қызлар ушын шексиз имканиятлар: Қарақалпақстан тәжирийбеси" атамасындағы республикалық конференция болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова қатнасып, Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың исбилерменлик басламаларын хошаметлеў ҳәм жаратылған имканиятлар ҳаққында тоқтап өтти.
Соңғы 3 жылда 1 мың 400 ден аслам ҳаял-қызлар турақлы турақ жай менен тәмийинленди, "Ҳаяллар дәптери" бағдарламасы шеңберинде 193 мыңнан аслам ҳаял-қызларға жәми 292 миллиард сумлық әмелий жәрдем көрсетилди, социаллық қорғаўға мүтәж 450 ден аслам студент-қызларға жәми 3,5 миллиард сумлық шәртнама пуллары төлеп берилди.
Економикалық белсендилик ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилген республикалық конференцияда 300 белсенди ҳаял-қызлар ҳәм Ташкент қаласынан жуўапкерлер қатнасты.
Илаж даўамында ҳаял-қызлардың исбилерменлик ҳәм өнерментшилик өнимлериниң ярмаркасы шөлкемлестирилди, бул арқалы олардың потенциалы ҳәм жергиликли өндирислик имканиятлары кең жәмиетшилик итибарына усынылды.
Конференция даўамында ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик ҳәм өнерментшиликти қоллап-қуўатлаў, маманлық ҳәм потенциалды арттырыў және жаңа имканиятлар жаратыў мәселелери додаланды.





