Арал теңизиниң қурыған ултанында илимий-изертлеў станциясы ашылды
Бүгин Арал теңизиниң қурыған ултанында шөлкемлестирилген илимий-изертлеў станциясы ашылды
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министри И.Абдурахмонов ҳәм Инновациялық раўажланыў агентлиги директоры А.Норов қатнасты.
Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында Аралбойы аймағында халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, екологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм жергиликли екосистеманы тиклеўге қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
2022-жылы Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Арал ултанында екологиялық ҳәм илимий изертлеўлер алып барыў және бар болған машқалаларға нәтийжели шешим табыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленген еди. Усы тийкарда өткен жыллар даўамында улыўма баҳасы 15,7 миллиард сумлық 17 жойбар қаржыландырылып, усы жылы 57,1 миллиард сумлық 21 жойбар әмелге асырылмақта.
Усындай жойбарлар қатарында пайдаланыўға тапсырылған станция екологиялық тиклеў жумысларын нәтийжели қадағалаў, шорға шыдамлы өсимликлердиң өсиўин бақлаў ҳәм нәтийжели илимий изертлеў жумысларын алып барыўда әҳмийетли есапланады.
Жаңа илимий-изертлеў станциясы тек ғана тәбиятты қорғаў емес, ал региондағы илимий изертлеўлер ҳәм екологиялық изленислер ушын орай сыпатында хызмет етеди ҳәм Аралбойы аймағының турақлы раўажланыўына мүнәсип үлес қосады.





