Халықаралық майыплығы болған шахслар күни белгиленди
Бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласында 3-декабрь – Халықаралық майыплығы болған шахслар күни мүнәсибети менен илаж болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев сөзге шығып, елимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында халқымыз, соның ишинде, социаллық жәрдемге мүтәж, майыплығы болған инсанларға әмелий жәрдем көрсетиў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен «Инсан қәдири ушын» ҳәм «Ҳеш бир инсан итибар ҳәм меҳирден шетте қалмаўы керек!» деген ийгиликли идея тийкарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Имканияты шекленген шахсларды қоллап-қуўатлаў, олардың нызамлы мәплерин қорғаў, медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў, турмыс дәрежесин жақсылаў, зәрүрли билим ҳәм көнликпелерге ийе болыў, дене тәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылмақта.
Әлбетте, бундай илажларды әмелге асырыўда арнаўлы бақшалар, мектеп-интернатлары ҳәм «Мүриўбет» үйлери әҳмийетли орын тутпақта.
Ең әҳмийетлиси, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы илажларды жаңа басқышларға көтермекте.
Атап айтқанда, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлайтуғын Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң шөлкемлестирилди, сондай-ақ, быйылғы жыл басынан берли 7 706 пуқараға 10 миллиард сумлық протез-ортопедия ҳәм реабилитация техникалық буйымлары берилди, реабилитациялық орайларда 1 300 ден аслам пуқараның саламатлығы тикленди.
Соның менен бирге, кексе ҳәм майыплығы болған 3 мыңнан аслам пуқараларға санаторияларға жолламалар, майыплығы болған шахсларды жумысқа алған 1033 кәрханаға болса 9 миллиард 525 миллион сумлық салық жеңиллиги берилди, сондай-ақ, 6 мыңнан аслам майыплығы болған шахслар жумысқа орналастырылды.
Быйылғы жылдан баслап барлық жаңадан қурылып атырған мектеплер майыплығы болған шахсларға қолайластырылды, қала ҳәм районлардағы 13,5 км узынлықтағы көшелер майыплығы болған шахслардың еркин ҳәрекетлениўи ушын бейимлестирилмекте.
Буннан тысқары, бүгинги күнде 25 спорт орайында шөлкемлестирилген 15 спорт дөгерегинде 600 ден аслам пара-спортшылар турақлы шуғылланып келмекте.
Айрықша атап өтиў орынлы, майыплығы болған балаларды жәмийетке араластырыў ҳәм саламатлығын тиклеў мақсетинде 41 орында шөлкемлестирилген «Күндизги кутим хызмети»не 273 бала қамтып алынды.
Әҳмийетлиси, майыплығы болған шахслар бәрқулла дыққат-итибарда болғанлығы себепли олар түрли тараўларда нәтийжели мийнет етип, елимиздиң гүллеп-раўажланыўына өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып келмекте.
Илаж шеңберинде бүгинги сәне мүнәсибети менен майыплығы болған шахсларға саўғалар тапсырылды.
Көркем өнер ғайраткерлери ҳәм майыплығы болған шахслардың биргеликте атқарыўындағы инклюзив концерт бағдарламасы қатнасыўшылардың кеўиллерине көтериңкилик бағышлады.











