Жоқарғы Кеңес Баслығы ең шетки аймақлардан бири болған Шуқырқақ аўылы турғынлары менен ушырасты
Усы жылдың 3-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласынан дерлик 230 км қашықлықта жайласқан Елликқала районының Шуқырқақ аўылына барды ҳәм елатта пуқаралар менен ушырасып, жақыннан сәўбетлести.
Онда дәслеп, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халқымыздың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли ийгиликли жумысларға айрықша тоқтап өтилди.
Буннан соң, аймақ турғынларының машқалалары тыңланды. Тийкарынан, аўыл халқына медициналық хызмет көрсетиўди жақсылаў, кем тәмийинленген шаңарақлардың турақ жайларын шиферлап бериў, район орайына барыўшы транспорт қатнаўын тиклеў, Суўды филтрден өткериўши ЕКОС жумысын жақсылаў сыяқлы мәселелер көтерилди.
Барлық билдирилген мүрәжатларға унамлы шешим табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Буннан соң, «Жасыл мәкан» акциясы менен даўам етип атырған гүзги терек егиў жумыслары шеңберинде жақсы нийетлер менен мектеп алдына терек нәллери егилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы аўыллық шыпакерлик пункти, сондай-ақ, балалар бақшасы жумыслары менен жақыннан танысты.
Аўыл халқын ишимлик суўы менен тәмийинлеўши суўды филтрден өткериўши ЕКОС жағдайы да көзден өткерилип, жүзеге келген машқаланы шешип бериў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.











