8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен байрам илажы өткериди
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов, Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Е.Қайыпбергенов, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар қатнасты.
Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.
Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Нуразизов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 33 жыллығы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, елимиздиң дүня сиясий майданында ғәрезсиз мәмлекет сыпатында өз орнына ийе болыўы, раўажланыў жолын белгилеп, жылдан-жылға абырайының артып барыўы, сондай-ақ, халықтың абаданлығын тәмийинлеўде – бас нызамымыздың орны ҳәм әҳмийети жоқары. Онда белгиленген тийкарғы принциплер, ҳәр бир пуқараның ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўдеги роли айрықша.
Байрамға бағышланған илажлар орынларда кең түрде даўам еттирилмекте.





