Жаңа заманагөй типтеги 400 орынлық студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды
Усы жылдың 5-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жаңадан қурылған студентлер турақ жайының пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен ашылыў мәресими өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде жасларға қаратылып атырған айрықша итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланғаны ҳаққында кең түрде атап өтти ҳәм жаңа обект пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде билимлендириў тараўына, соның ишинде жасларды жоқары билимге қамтып алыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Мине усынай ийгиликли жумыслар қатарында жоқары оқыў орынлары саны артып, ҳәр жылы Қарақалпақстанлы жасларға қосымша квоталар ажыратып берилмекте. Бул өз нәўбетинде, жасларымыз арасынан озық ойлы, елимиз раўажланыўына өзиниң мүнәсип үлесин қосатуғын жаслардың жетилисип шығыўына беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Улыўма 30,5 млрд. сум қаржы менен мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында қурылған жаңа, барлық қолайлықларға ийе 400 орынға мөлшерленген студентлер турақ жайының пайдаланыўға тапсырылыўы мине усы бағдардағы илажлардың әмелий көриниси есапланады.
Әлбетте, пайдаланыўға тапсырылған жаңа обект студент-жаслар ушын узақ жыллар даўамында хызмет етеди.





