Өзбекстанда соның ишинде Қарақалпақстанда ири енергетика қуўатлықлары иске түсирилди ҳәм гезектегилериниң қурылысы басланды
Бүгин ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзийойев басшылығында жаңа енергетика қуўатлықлары ҳәм инфраструктура обектлерин иске қосыў және гезектегилериниң қурылысын баслаўға бағышланған салтанатлы мәресим өткерилди.
Онда Қараөзек районынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Қоңырат районынан Минисрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, кең жәмийетшилик ўәкиллери видеобайланыс арқалы қатнасты.
Жаңа обектлер - дерлик 11 миллиард долларлық 42 енергия ислеп шығарыў, сақлаў қуўатлықлары ҳәм басқа да инфраструктура обектлери - мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған миллий енергетика тармағының потенциалын беккемлеўге қаратылған кең көлемли стратегияның бир бөлеги болып есапланады.
Атап өтиў орынлы, бүгин иске түсирилген обектлер қатарында Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясы тәрепинен елимизде әмелге асырылып атырған «Самал електр станциясын шөлкемлестириў» жойбарының Қараөзек районы «Қойбақ» мәҳәллесинде «Нөкис-1» жойбары иске қосылды.
Улыўма баҳасы 107 млн.доллар, қуўатлылығы 100 Мегаватт болған жойбар шеңберинде ҳәр бириниң қуўатлылығы 6,5 Мегаватт болған 16 самал турбина генераторлары қурылғаны нәтийжесинде ҳәр жылы 350 млн. киловат/саат електр енергиясы ислеп шығарылыўына имканият жаратылды, орташа 100 млн. куб тәбиий газ жумсалыўы тежелиўине, ҳаўаға 180 мың тонна карбонат андигрид газы шығындыларының тарқалыўы кемейтилиўине ерисилди.
Соны айрықша айтыў керек, «ACWA Power» компаниясы тәрепинен Қарақалпақстанда улыўма баҳасы дерлик 8,6 млрд. доллар болған инвестиция қаржылары есабынан жаңа жойбарлар әмелге асырылыўы белгиленген.
Сондай-ақ, Қоңырат районы студиясынан улыўма баҳасы 99,5 млн. доллар болған 2 жойбар иске түсирилди.
Атап айтқанда, «Өзбекнефтгаз» АЖ қаржылары есабынан жойбар баҳасы 55,2 млн. доллар болған «Нефт ҳәм газ қазып шығарыў ҳәм қудықларды бурғылаў процеслерин санластырыў Е-кан жойбары», сондай-ақ, Бухара, Қашқадәря ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасында «Өзбекнефтгаз» АЖ қаржылары есабынан жойбар баҳасы 44,3 млн. доллар болған «Аккумляторлы енергияны сақлаў системасы»н орнатыў жойбары иске түсирилди.
Буннан тысқары, «Өзбекнефтгаз» АЖ қаржылары есабынан улыўма баҳасы 100 млн. доллар болған 2 жойбардың яғный, «Үстирт аймағындағы Тереңқудық, Байтерек, Бирқари, Харай, Қулбай ҳәм Қарақалпақ блокларында геология излеў жумысларын әмелге асырыў» жойбары ҳәм «Мойнақ майданы 2-санлы излеў қудығын ҳәм жаңадан қурылатуғын 10 км газ тармағын иске түсириў» жойбарларының қурылыс жумысларына старт берилди.






