Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллығы кең түрде белгиленди
Усы жылдың 6-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген сәнеге арналған байрам салтанаты болып өтти.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, быйылғы байрам барлық орынларында көтериңки рухта кең түрде белгиленбекте.
Баслы Нызамымыз тийкарында халқымыз елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет етиў менен бирге, бахытлы ҳәм абадан келешекке беккем исеним менен қәдем қоймақта. Конституциямыз жаратып берген имканиятлар тийкарында халқымыз ертеңги абадан турмыс жолында бир қатар табысларға, економикамыздың барлық тараўларында унамлы нәтийжелерге ериспекте.
Бүгинги өткерилген байрам салтанатында мине усындай әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслар кең түрде атап өтилди.
Буннан соң байрам салтанаты қатарында халқымызға өрнек болып атырған «Ең үлгили кѳше бийлери» таңлаўы жеңимпазлары мүнәсип хошаматленип, ҳәр бири 20 миллион сўмлық ваучер менен сыйлықланды.
Байрам илажы көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.













