50 мың АҚШ доллары муғдарындағы грант қаржылары есабынан өсимликлерди адаптациялаў мақсетинде ыссыхана шөлкемлестирилди
Бирлескен Араб Әмирликлериниң шорланған жерлерде биодийқаншылықты раўажландырыў орайы (ИЦБА) тәрепинен Аралбойы халықаралық инновациялық орайында ин витро усылында жетистирилетуғын өсимликлерди акклиматизациясын ислеп шығыў ушын зәрүр болған арнаўлы лабораториялық үскенелер алып келинген еди.
Усы тийкарда Нөкис районында 50 мың АҚШ доллары муғдарындағы грант қаржылары есабынан ин витро шараятындағы көбейтилген өсимликлерди адаптациялаў мақсетинде ыссыхана шөлкемлестирилди.
Жойбардың әмелге асырылыўы жергиликли аўыл хожалығының имканиятларын беккемлейди, атап айтқанда, егинлерди көбейтиў нәтийжелилиги артады, егис материалын бейимлестириў процесслери тезлеседи ҳәм аграр тараўға заманагөй биотехнологиялық усылларды енгизиў ушын шараятлар кеңейтиледи.


