Қарақалпақстанның саўда-економикалық ҳәм инвестициялық потенциалына бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти

Ҳиндстанның жетекши саўда-санаат палаталарынан бири - "ПҲД Цҳамбер оф Цоммерце анд Индустрй" (ПҲД ЦЦИ) майданында Өзбекстан елшиханасы тәрепинен мәмлекетимиздиң саўда-економикалық ҳәм инвестициялық имканиятларына бағышланған дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.
Илажда Ҳиндстанның 20 дан аслам жетекши компанияларының басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты ҳәм ҳинд исбилермен топарларының мәмлекетимиз базарына қызығыўшылығы артып атырғанынан дәрек берди.
Презентация даўамында дипломатиялық миссия ўәкиллери ҳәм Нөкистен келген експертлер ҳиндстанлы шериклерди Өзбекстанда сырт ел инвестициялары ушын қолайлы орталық жаратып атырған избе-из реформалар менен ҳәр тәреплеме таныстырды.
Додалаўлардың орайлық темасы Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик жумысын жүргизиў ушын усынылып атырған сийрек ушырасатуғын имканиятлар болды.
Ҳиндстан бизнес жәмийетшилиги ўәкиллерине Қарақалпақстанда сырт елли инвесторлар пайдаланыўы мүмкин болған тийкарғы абзаллықлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын жаратылған имканиятлар, қосымша салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин нәзерде тутатуғын арнаўлы ҳуқықый режим, таяр инфраструктураға ие арнаўлы економикалық зоналар ҳәм санаат парклеринде кәрханалар шөлкемлестириў имканиятлары, жер ижарасының жеңиллетилген шәртлери ҳәм жойбарларды мәмлекет тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, инвестицияларды қорғаў кепилликлери ҳаққында сөз болды.
Биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын перспективалы бағдарлар сыпатында тоқымашылық санааты, фармацевтика ҳәм медицина үскенелерин ислеп шығарыў, мәлимлеме технологиялары ҳәм ауцорсинг, химия санааты, "жасыл" енергетика ҳәм туризм тараўлары белгилеп алынды.
.jpg)
.jpg)
.jpg)