Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Арал» футбол командасы ағзалары менен ушырасты

Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында спорт тараўын, соның ишинде футболды раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти ҳәм әҳмийетли ойын алдынан команда ағзаларына әўмет тиледи.
Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде Про Лигада ойнап атырған Арал футбол командасы алдында әҳмийетли ойын күтип тур. Яғный, 16-декабрь күни Суперлигада ойнаў жолламасы ушын Бухара ўалаятының «Бухара» командасы менен ойын өткериледи.
Әлбетте, Про Лиганың бул ойынында футбол ықласбентлери командамыздан жоқары нәтийжелер күтип қалады.
Соны да айрықша айтыў керек, «Арал» футбол командасы бул ойында жеңиске ериссе, 24 жыллық тәнепистен соң узақ күтилген Супер Лигада ойнаў имканиятын қолға киргизеди.
.jpg)

.jpg)
.jpg)
.jpg)
