"Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде Халықаралық әҳмийетке ийе А-380 автомобил жолы бойлап көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылмақта

Бүгинги күнде елимизде кең түрде даўам еттирилип атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде Халықаралық әҳмийетке ийе А-380 автомобил жолы бойын көкилемзарластырыў мақсетинде сексеўил, саяманлы тереклер, шор ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы егинлердиң туқымларын егиў жумыслары алып барылмақта.
Бул илажлар Аралбойы регионында шөллениўге қарсы гүресиў, самал ерозиясын азайтыў, топырақты беккемлеў ҳәм екологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған болып, Аралбойы инновация орайы, Екология ҳәм ықлым өзгериўи миллий комитети менен бирге илимий жантасқан ҳалда әмелге асырылмақта.
Соны да айрықша атап өтиў керек, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәм екологиялық жағдайды жақсылаўға айрықша итибар қаратылып, өткен жыллар даўамында Арал теңизиниң қурыған майданларында «Жасыл қапламалар» жаратыў мақсетинде дерлик 2 миллион гектар майданға сексеўил ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлер егилди.
Бундай ийгиликли ислер бүгинги күнде де қызғын даўам еттирилип, теңиздиң қурыған майданларында сондай-ақ, автомобил жоллары бойларының қумлы ҳәм шөл аймақларында шөлге шыдамлы өсимликлерди егиў жумыслары алып барылмақта.


