Қарақалпақстанда Ҳиндистанның ЕРА университети филиалын шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Мәденият министри Б.Темирбаев ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳиндстандағы елшиханасының консулы Б.Асқаровлар Ҳиндстанның Уттар-Прадеш штатының Лакнау қаласына әмелий сапар менен барып, «ЕРА Университй» басшылары менен рәсмий ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда университеттиң билимлендириў, илимий ҳәм инфраструктуралық потенциалы таныстырылып, Қарақалпақстан Республикасы менен узақ мүддетли бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша пикирлесилди.
Сондай-ақ, жақын қатнасықларды орнатыў бағдарында Қарақалпақстанда ЕРА университетиниң филиалын ашыў мәселеси көрип шығылып, бул жойбарды әмелге асырыў бағдарында университет делегациясының республикамызға әмелий сапарын шөлкемлестириў бойынша келисип алынды.
Өткерилген ушырасыў даўамында медицина, фармацевтика ҳәм илимий изертлеўлер бағдарларында бирге ислесиў перспективалары, жақын мүнәсибетлерди орнатыў ҳәм беккемлеў мәселелери талқыланды.
.jpg)
.jpg)