«Есимөзек» мәҳәллесине 200 кв қуяш панелин орнатпақта
165

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 17-январьдағы ПҚ-12-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалар, соның ишинде, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, қайта тиклениўши енергия дәреклерин енгизиў ҳәм мәҳәллелердиң економикалық потенциалын арттырыў мақсетинде, Қараөзек районы «Есимөзек» мәҳәллесинде улыўма қуўатлылығы 200 кв болған қуяш електр станцияларын қурыў жойбары әмелге асырылмақта. Жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде, «Есимөзек» мәҳәллесинде кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәм жумыссыз пуқаралардың дәрамат дәреклери кеңейип, олардың бәнтлиги тәмийинленеди.