Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен байрам тамашалары өткерилди
Президентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы декабрь айында елимизде Аўыл хожалығы хызметкерлери күни кең түрде белгиленип атыр. Бүгин Нөкис қаласының арқа тәрепиндеги Атшабар майданында Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып салтанатлы байрам тамашалары болып өтти.
.jpg)
Илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Аўыл хожалығы хызметкерлери күни байрамы менен қутлықлады.

.jpg)
Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде бүгинги күнде елимизде аўыл хожалығын модернизациялаў, тараўда жаңа техника ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў, жер-суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды ен жайдырыў, халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, фермер ҳәм кластерлерди қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығына айрықша тоқталды.
Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Бүгинги байрам салтанатында елимизде аграр саласында жемисли жумыс алып барып атырған бир қатар мийнет алдынғылары хошаметленди.



Ең алдыңғы фермер хожалығы номинациясына «Уркинбай» ф/х баслығы Нугманов Айтбай ылайық деп табылды ҳәм Президентимиз саўғасы Трактор тапсырылды.
Сондай-ақ, ең жақсы бағман номинациясы бойынша «Озод интенсив боғ» ф/х баслығы Машарипов Озод Киши трактор, Ең жақсы шарўа фермер номинациясы бойынша: «Дадабай Байрамкилич» ф/х баслығы Дадебаев Азамат мотороллер менен сыйлықланды.
Буннан тысқары, Ең жақсы таўық бағыўшы, Ең жақсы балықшы номинациясы жеңимпазлары гранулятор, Ең жақсы пал ҳәрре бағыўшылар, Ең жақсы пиллекеш, Ең жақсы механизатор, Ең жақсы експортйор, Ең жақсы пахтакеш, Ең жақсы ғәллекеш, Ең жақсы комбайыншыларға холодилник,
Ең жақсы қаракөлшилик хожалығы, Ең жақсы ирригатор, Ең жақсы мелиоратор, Ең жақсы ветеринар, Ең жақсы өсимликлерди қорғаўшы лаборантлар ҳәр бири скутер, Ең жақсы ыссыханашы, Ең жақсы палызшы, ең жақсы баў-бақша жетистириўши, Ең жақсы картошкашы, Ең жақсы қыйтақ жер ийелерине ҳәр бирине Мото култиватор, Ең жақсы аўыл хожалығы илимпазына телевизор, Ең жақсы аўыл хожалығы инноваторына ноутбук тапсырылды.
Буннан соң байрам тамашалары халық ойынлары ҳәм миллий спорт ойынлары менен даўам етти.
Дәслеп, арқан тартысыў беллесиўлери басланды.

Онда Шымбай районы биринши, Нөкис районы екинши, Мойнақ районының командасы үшинши орынларды ийеледи.
Қошқарлар урысы ойынлары да тамашагөйлерде үлкен қызығыўшылық оятты. Онда ҳәр бир жеңип шыққан қошқарлардың ийелерине баҳалы саўғалар тапсырылды. Яғный: биринши орынды ийелеген қошқарларға гибрит мотороллер, кейинги орынға електромотороллер, буннан басқа қошқар ийелери скутер ҳәм басқа да баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Байрам қатнасыўшыларының итибары қурға қаратылды. Бас байрақ ушын ортада Нөкис районынан Захириддийин Зайтов ҳәм Нөкис қаласынан Бабажанов Жалолиддин беллести. Бир-бирине мүнәсип палўанлар беллесиўинде Захириддийин Зайтов жеңиске еристи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев палўанға бас байрақ – Президентимиздиң саўғасы 40 млн. сум сыйлықты тапсырды.
2-орын ийеси Ж.Бабажанов– 30 млн сум, 3-орын ийелери С.Маткаримов 20 млн сум ҳәм Р.Куданов холодилник пенен сыйлықланды.
+83 кг салмақ категориясында Б. Орынбасаров ҳәм Д.Төребаевлар холодилник пенен сыйлықланды. Буннан тысқары, 66, 73, 81 кг салмақ категориясындағы палўанлар да мүнәсип хошаметленди.
Буннан соң бир, үш, бес, бес айлаў (жорға), жети, он айлаўға атлар жиберилди. Онда республикамыздың барлық районларынан келген шебер шабандозлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен қойылған баҳалы саўғалар ушын бәйгиге түсти.
Он айлаўға ат шабысы бәршениң дыққат итибарында болып, бәйгиге биринши болып келген Мойнақ районынан Сарсен Таласовтың аты бас байрақты қолға киргизди. Оған Президентимиздиң саўғасы «Оних» автомашинасы тапсырылды. Кейинги орынларды ийелегенлер: 2-орынды алған Нөкис районның шабандозына 50 млн. сум, 3-орынды алған Қанлыкөлли шабандозға 30 млн. сум пуллай сыйлық ҳәм қымбат баҳалы саўғалар берилди.
7 айлаў бойынша: 1-орынға 30 млн. сум, 2-орынға 20 млн. сум, 3-орынға 15 млн. сум,
5 айлаў бойынша: 1-орынға 20 млн. сум, 2-орынға 15 млн. сум, 3-орынға 10 млн. сум,
5 айлаў жорға жөнелиси бойынша: 1-орынға 20 млн. сум, 15 млн. сум, 3-орынға 10 млн. сум,
3 айлаў бойынша: 1-орынға 10 млн. сум, 2-орынға 5 млн. сум, 3-орынға пылесос,
1 айлаў бойынша: 1-орынға холодилник, 2-орынға телевизор, 3-орынға пылесос тапсырылды.
Сондай-ақ, «Қыз қуўыў» жуплықлары, «Теңге алыў» бойынша ҳәр бир жеңимпаз, «Көкпар» жарысларының жеңимпазларының ҳәр бири баҳалы саўғалар менен хошаметленди.

.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
Байрам қатнасыўшыларына дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы, шебер аспазларымыз таярлаған түрли тағамлар усынылды. Көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы байрам қатнасыўшыларына айрықша заўық бағышлады. Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып өткерилген байрам тамашалары халық сейили менен даўам етти.