Көше бийлери, нураный-ақсақаллар менен ушырасыў өткерилди
.jpg)
Усы жылдың 23-декабрь күни Қарақалпақстан көркем өнер сарайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қала ҳәм районлардағы көше бийлери, мәҳәлле ҳәм аўыллардағы нураный-ақсақаллар менен ушырасыўы өткерилди.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, регионымызды ҳәр тареплеме раўажландырыў бойынша өз алдына қабыл етилген қарар, пәрманлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Ушырасыўда тийкарынан тек ғана Қарақалпақстан ушын 2017-жылдан берли 78 пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, ҳәзирги ўақытта 38 ҳүжжеттиң орынланыўы даўам етип атырғаны, сондай-ақ, халық ийгилиги жолында әмелге асырылған жумыслар, бүгинги күнде даўам еттирилип атырған ийгиликли ислер, алдағы ўақытта әмелге асырылыўы белгиленген ўазыйпалар кең түрде сөз етилди.
Соны да айрықша айтыў керек, өткен жыллар Қарақалпақстан тарийхында айрықша әҳмийетке ийе ўақыяларға толы болды десек алжаспаған боламыз. Себеби, бул қысқа ўақыт ишинде кең көлемли реформалар әмелге асырылып, бул ийгиликли ислердиң әмелий нәтийжелери ҳәр бир шаңараққа жетип бармақта.
Қарақалпақстан ушын мәмлекетимиздиң басқа регионларында жоқ жеңилликлер берилип, буның нәтийжесинде халықтың турмыслық машқалаларына шешим табыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, республикамызды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў жумыслары жаңа басқышқа көтерилди.
Өткерилген ушырасыўда мине усындай ийгиликли әмеллер кең түрде сөз етилди.
Ушырасыў даўамында мәҳәллелерде аўызбиршиликти сақлаў, жасларды ана Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, узақ жыллық өмир тәжирийбеси менен көпшиликке үлги болып атырған көше бийлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары тийкарында «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)

