«Қарабай» кино комедиясының премьерасы өткерилди

Бүгин Қарақалпақстан көркем өнер сарайында «Қарақалпақфильм» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен сүўретке алынған «Қарабай» комедиялық фильминиң премьерасы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Өткерилген илажда атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар қатарында, мәденият ҳәм көркем-өнер тараўын қоллап-қуўатлаў, кино тараўын раўажландырыў бағдарында да кѳплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, елимиз тарийхына, әдебиятына байланыслы, дәўир қаҳарманларына бағышланған бир қатар фильмлер сүўретке алынбақта.
Сондай-ақ, дерлик 6,5 млрд. сум қаржы есабынан «Қарақалпақфильм» киностудиясы имаратында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып, зәрур техника ҳәм инвентарлар менен тәмийинленди. Буннан тысқары, усы кѳркем ѳнер сарайында 4 млрд. сум қаржы есабынан заманагѳй кино зал шѳлкемлестирилди.
Мине усындай жаратылып атырған имканиятлар нәтийжесинде кино тараўын раўажландырыў бойынша жумыслар жаңа басқышқа көтерилмекте.
Премьерасы өткерилип атырған фильмниң халқымыз нәзерине усынылыўы да кино тараўына қаратылып атырған итибардың нәтийжеси десек алжаспаған боламыз. Әлбетте, кино дөретиўшилери тәрепинен халқымыздың кеўлинен орын алатуғын еле де көп фильмлер жаратылады.

.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)