Нөкис қаласында 200 орынлы жаңа мийманхана пайдаланыўға тапсырылды

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан ушын өз алдына берилген жеңилликлер ҳәм имканиятлар тийкарында Жаңа жыл байрамы қарсаңында регионымыз ушын әҳмийетли объектлер пайдаланыўға тапсырылмақта.
Усы қатарда бүгин пайтахтымызда жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылып атырған «Ramada» мийманханасының ашылыў мәресими өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа туризм объекти пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтиў орынлы, «Karakalpak Palace» жәмийети тәрепинен халықаралық «Ramada by Wyndham» бренди астында 10 млн. доллар қаржы есабынан қурылған мийманхана иске түсиўи менен бир ўақыттың өзинде 200 мийманды қабыллаў имканияты жаратылды.
Бул жаңа туризм объектинде халқымыз ушын, сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт елли мийманлар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.
Өткерилген ашылыў салтанаты даўамында нураный-ақсақаллар, белсенди ҳаяллар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери мийманханада жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

.jpg)


.jpg)