Гимнастика орайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти

Мәмлекетимизде барлық тараўлар қатарында спорт тараўына да айрықша итибар қаратылып, жасларды спортқа кеңнен тартыў, олар арасынан елимиз даңқын дүньяға танытатуғын спортшыларды жетилистирип шығарыў жаңа басқышқа көтерилмекте.
Бул бағдарда ҳүрметли Президентимиздиң айрықша меҳири ҳәм итибары менен Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған жумысларды атап өтетуғын болсақ, 14 млрд. сум қаржы тийкарында Нөкис Олимпия ҳәм Паралимпия орайында қурылыс жумыслары алып барылмақта. 107 млрд. сум қаржы есабынан «Туран» футбол стадионында да реконструкция жумыслары даўам еттирилмекте. Буннан тысқары, бүгинги күнниң өзинде Гүрес шеберлиги мектеби пайдаланыўға тапсырылды.
Мине усындай ийгиликли жумыслар қатарында бүгин Гимнастика орайының ашылыў салтанаты өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, нураный-ақсақаллар, белсенди ҳаяллар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда атап өтилгениндей, дерлик 80 млрд. сум қаржы есабынан заманагөй көринисте қурып питкерилген бул объектте спортшы жаслар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылды. Объект инвентарлар менен толық тәмийинленди.
Әлбетте, бул спорт орайында елимизди дүньяға танытатуғын, физикалық жақтан шыныққан, айрықша уқыплылығы менен ажыралып шығатуғын чемпион жаслар жетилисип шығады.

.jpg)




.jpg)
