Нөкис қаласында 400 жумыс орнына ийе жаңа кәрхана иске түсирилди

Қарақалпақстан тарийхында умытылмас ўақыяларға бай түрде өтип атырған усы жылда елимиз экономикасының барлық тараўларында үлкен өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.
Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен Қарақалпақстан ушын өз алдына бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, мәмлекетимиздиң басқа регионларында болмаған имканиятлар ҳәм жеңилликлер берилди. Бундай илажлар исбилерменликти раўажландырыў ҳәм кеңейтиўге, жаңа инвестициялық жойбарларды иске түсириўге беккем тийкар болып хызмет етип атыр.
Усындай ийгиликли жумыслар қатарында бүгин Нөкис қаласында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде әҳмийетли орын тутатуғын улыўма баҳасы 48,5 млн. доллар болған, жылына 18 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарыў қуўатлығына ийе ҳәм 400 жумыс орнын жарататуғын «Nókis SSP Texnopark» кәрханасы иске түсирилиўи мүнәсибети менен ашылыў салтанаты өткерилди.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа кәрхана жумыс баслағаны мүнәсибети менен қутлықлады.
Әлбетте, бул кәрхана халқымыз ийгилиги жолында елимиз экономикасын ҳәм санаатын раўажландырыўға узақ жыллар даўамында хызмет етеди.

.jpg)

.jpg)

.jpg)
.jpg)

.jpg)