Қараөзек ҳәм Нөкис районларында төрт жас заманагөй турақ жай менен тәмийинленди

Ҳүрметли Президентимиздиң “Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў илажлары ҳаққында”ғы 5216-санлы Қарарының орынланыўы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасында жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, жуўмақланып атырған 2025-жыл даўамында Қарақалпақстан бойынша жәми 86 жас заманагөй, барлық қолайлықларға ийе турақ жайлар менен тәмийинленди. Бул болса жаслардың социаллық қорғалыўын күшейтиў, олардың еркин турмысқа қәдем қойыўы ҳәм келешек режелерин әмелге асырыўында беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Қараөзек ҳәм Нөкис районларында да усы қарардың орынланыўы шеңберинде бүгин 4 жасқа район орайларында бой тиклеген турақ жайлардан заманагөй 2 ханалы жайлардың гилтлери салтанатлы түрде тапсырылды. Бундай ислер Президентимиз тәрепинен жасларға болған турақлы итибар ҳәм ғамхорлықтың айқын көриниси болып есапланады.
Жаслар ушын және де кең имканиятлар жаратыў, олардың турмыс шараятын жақсылаў ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған бундай илажлар еле де даўам еттириледи.

.jpg)
.jpg)