Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тоғызыншы сессиясы ҳаққында мәлимлеме
.jpg)
Усы жылдың 29-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тоғызыншы сессиясы болып өтти. Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Ресубликасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылды.
Сессияда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен әмелге асырылған кең көлемли дөретиўшилик жумысларға кең түрде тоқталды.
Атап өтилгениндей, жуўмақланып атырған 2025-жылда барлық тараўларда жаңаланыўлар ҳәм өзгерислер жүз берип, қала ҳәм районларымызда, ҳәттеки ең шетки аймақларда да кең көлемли дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылмақта. Әлбетте, бунда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 25 тен аслам пәрман ҳәм қарарлары әҳмийетли орын тутады.
Сессияда усындай жаратып берилген имканиятлар тийкарында жаңадан иске түскен кәрханалар, әмелге асырылған жойбарлар ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы усындай кең имканиятлардың жаратылып берилиўи арқалы келеси 2026-жылда әмелге асырылыўы тийис баслы мақсетлерге ерисиў бойынша анық режелер белгилеп алынғанлығын атап өтти.
Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе, Қарақалпақстан Республикасының 2026-жылғы жергиликли бюджетин тастыйықлаў туўралы болып, бул мәселе бойынша Экономика ҳәм финанс министриниң орынбасары М.Бекчанов баянат жасады.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм турмысқа енгизилип атырған реформалар нәтийжесинде 2025-жылдың жуўмағы менен, Жалпы Аймақлық Өним көлеми өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 105,9 процентке өсиўи күтилмекте. Усы жылы Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджет дәраматлары 100,1 процентке орынланыўы күтилмекте.
Сессияда макроэкономикалық көрсеткишлер прогнозы ҳәм салық және бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары ҳаққында мағлыўмат берилди.
2026-жылда жалпы аймақлық өнимлердиң көлеминиң өсиў пәтин өткен дәўирге салыстырғанда 6,2 процентке, 2030-жылға келип 6,0 процентке жеткериў режелестирилмекте.
Сессияда Өзбекстан Республикасы есап палатасының жетекши инспекторы Э.Сапаров баянат жасады.
Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.
Сессия күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Бәсекилик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитети баслығы Б.Сейтназаров баянат жасады.
Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Телекоммуникациялар ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы М.Атамуратов баянат жасады.
Бул мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Сессия күн тәртибинде «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети баслығы А.Атажанов баянат жасады.
Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Сессияда «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы тийкарында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине жиберилген Парламентлик сораўының нәтийжеси туўралы мәселе қарап шығылды.
Бул мәселе бойынша Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Қ.Азербаев баянат жасады ҳәм толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль ҳәм ишки жолларды ҳәмде көпирлерди оңлаў бағдарында алып барылып атырған илажлардың барысы бойынша Автомобил жоллары бас басқармасына парламентлик сораў жибериў туўралы мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети баслығы И.Сдиков баянат жасады.
Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе шеңберинде коммерциялық банклерде бағдарламалар шеңберинде кредит қаржылары ажыратылыўында ҳәмде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын, сондай-ақ хызметкерлердиң арасында коррупцияның алдын алыўға қаратылған жумыслар бойынша Орайлық банктың Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасына парламентлик сораў жибериў туўралы мәселе қарап шығылды.
Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Б.Сейтназаров баянат жасады ҳәм мәселе қарап шығылып, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Сессия күн тәртибинде өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы ҳәмде оларда қурылған имаратлар менен обектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған пуқаралардың дизимин сессия қарары менен тастыйықлаў мәселеси қарап шығылды.
Өзбекстан Республикасының арнаўлы Нызамын басшылыққа алып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы жәнеде оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 385 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.
Сессия күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселени қарап шығылды.
Парахат Айтниязов Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы лаўазымына қайта сайланды.
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды.
Буннан соң депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тоғызыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)