ХАЛҚЫМЫЗҒА ЖАҢА ЖЫЛ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ
Қәдирли Ўатанласлар!
Әзиз дослар!
Сизлерди көп миллетли халқымыздың кеўиллерине өзгеше қуўаныш, илҳам-йош, үмит ҳәм исеним бағышлап, бәршени және де үлкен дөретиўшилик ислерге руўхландырып атырған қутлы әййям – Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман.
Халқымыздың пидәкерлик мийнетлери ҳәм Ҳүрметли Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен 2025-жыл Қарақалпақстан ушын табысларға толы, умытылмас тарийхый ўақыяларға бай ҳәм берекетли жыл болды, деп исеним менен айта аламыз.
Әсиресе, көп миллетли халқымыз үлкен қуўаныш пенен күтип алған тарийхый ўақыя – миллий мийрасларымыздың сайланды үлгилери болған «Қобыз соғыў ҳәм атқарыўшылық өнери» ҳәмде Қара үйимиз ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў дизимине киргизилгени халқымызда мақтаныш сезимлерин оятты.
Сондай-ақ, изде қалып баратырған жылда халқымыздың ийгилиги жолында хызмет ететуғын жаңа жойбарлардың әмелге асырылғаны елимизге шын мәнисиндеги жаӊаланыў нәпесин алып келип, халқымызды турмыстан разы етиўге беккем тийкар болмақта.
Атап айтқанда, «ACWA Power» компаниясы тәрепинен Қоңырат, Қараөзек ҳәм Беруний районларында қуўатлылығы 7,2 мың мега-ваттлық баҳасы 8 млрд. 600 млн. доллар болған гигант самал электр станцияларының қурылыс жумыслары басланғаны, соннан Қараөзек районында 16 самал турбина генераторы қурылып, иске түскени – халқымыздың ҳәм экономикалық тармақлардың энергия ресурсларына болған талабын жақсылаўда әҳмийетли орын тутатуғын, бурын болмаған тарийхый ўақыялар қатарына киреди.
Соның менен бирге, барлық мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жәми 900 ден аслам объектте дерлик 4 трлн. сўмлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.
Соның ишинде Нөкис қаласындағы суў тазалаў объектинде алып барылған 86,6 млрд. сумлық реконструкция жумыслары нәтийжесинде қуўатлылығы суткасына 60 мың куб метрден 95 мың куб метрге жеткерилген болса, Нөкис районында 263 км ишимлик суў тармақлары ҳәм объектлеринде 11,4 млн. долларлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылып, халықты таза ишимлик суў менен тәмийинлеў дәрежеси 68,4 проценттен 90 процентке жеткерилди.
Буннан тысқары, Бозатаў районында жылына 6 мың пуқара дем алыў ҳәм саўалланыў имканиятына ийе болған заманагөй санатория пайдаланыўға тапсырылғанын, Нөкис қаласында Гимнастика орайы ҳәм Гүрес шеберлиги мектеби жаңадан бой тиклегенин, барлық шараятларға ийе Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының жаңа оқыў имараты ҳәм бир ўақыттың өзинде 1200 абитуриент тест сынақларын тапсырыў имканиятына ийе мәмлекетлик «Тест орайы»ның қурып питкерилгенин халқымыз айрықша қуўаныш ҳәм мақтаныш пенен тилге алмақта.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, исбилерменлерге жаратылған кең имканиятлар нәтийжесинде 2025-жылы инвестиция бағдарламасы шеңберинде улыўма баҳасы 8 трлн. 300 млрд. сумлық 591 кәрхана иске түсирилип,
12 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Соннан Нөкис қаласында жылытыў радиаторларын, ийирилген жип ҳәм базальт минералынан ыссылық сақлаўшы материаллар ислеп шығарыў, Кегейли районында ЛДСП өнимлерин, Мойнақ ҳәм Қоңырат районларында дуз ислеп шығарыў ҳәм дузды қайта ислеў, Хожели районында териден аяқ кийим өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм балықшылықты раўажландырыў, Тахтакөпир районында көп тармақлы шарўашылық, сүт, жүн ҳәм ун өнимлерин қайта ислеп шығарыў кәрханаларының иске түскени экономикамызды беккемлеўде ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде айрықша орын тутатуғын ийгиликли ислерден болып табылады.
Қалаберсе, туризмди раўажландырыў бағдарында Нөкис қаласында халықаралық брэнд астында «Рамада» мийманханасы жумыс баслаған болса, Тахтакөпир районында көп миллетли халқымыздың миллийлигин өзинде жәмлеген «Тах-төбе» этно-аўылы пайдаланыўға тапсырылды, соның менен бирге, «Нөкис – Ақтаў» авиақатнаўы ҳәм «Нөкис – Үргениш» поезд катнаўы жолға қойылды, буннан тысқары, бүгинги күнде Нөкис қаласында баҳасы
78 млн. долларлық заманагөй 5 жулдызлы мийманхана, Конгресс-холл комплекси ҳәм 22 қабатлы 2 турақ жай қурылмақта.
Әлбетте, бундай ийгиликли ислерди әмелге асырыўда өткен қысқа дәўир ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 25 тен аслам тарийхый Пәрман ҳәм қарарлардың тутқан орны айрықша болмақта.
Ҳүрметли Ўатанласлар!
Ҳүрметли Президентимиздиӊ 2025-жыл 26-декабрь күни Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында халқымыз тәғдири ҳәм елимиз келешеги менен байланыслы оғада әҳмийетли мәселелерге итибар қаратып, кешиктириўге болмайтуғын анық ўазыйпаларды белгилеп берди ҳәм бул ўазыйпалар «Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы» деп жәрияланған 2026-жылда бәршемизди уллы ислерге баслаўына исенемиз.
Солай екен, жаңа жылда да халқымыздың турмыс дәрежесин буннан былай да жақсылаў, кәмбағаллықты қысқартыў, мәҳәллелерди раўажландырыў, социаллық қорғаўға мүтәж инсанларға жәрдем көрсетиў, жасларды, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў сыяқлы бир қатар мәселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздан болып қала береди.
Cизлерди және бир мәрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, талмас күш-ғайрат ҳәм мол табыслар тилеймен.
Жаңа жыл ҳәр бир шаңараққа аманлық, берекет ҳәм қуўаныш алып келгей!
А.ОРЫНБАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы