Модулли интеллектуал есаплаў орайы жойбары шеңберинде Қытайлы инвесторлар менен ушырасыў өткерилди
.jpg)
Алдын хабар берилгениндей, Қарақалпақстан Республикасында улыўма баҳасы 3,5 миллиард АҚШ доллары муғдарында "Модулли интеллектуал есаплаў орайын қурыў бойынша Ҳәрекетлер режеси"не қол қойылған болып, бул жойбар еки басқышта әмелге асырылыўы белгиленген. Усы ҳүжжетте нәзерде тутылған ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жойбар шеңберинде гезектеги ушырасыў болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов Қытай Халық Республикасының жасалма интеллект, үлкен мағлыўматлар ҳәм суперкомпьютер системалары шешимлерине қәнигелескен "Shanghai LinkWise Data Intelligence Co., Ltd." компаниясының баслығы Vang Suyxu басшылығындағы делегация менен ушырасты.
.jpg)
Ушырасыў даўамында модулли интеллектуаллық есаплаў орайын қурыў жойбарының техникалық-экономикалық тәреплери, заманагөй жоқары нәтийжели есаплаў инфраструктурасын жаратыў, сондай-ақ, жасалма интеллект ҳәм санлы технологияларды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары додаланды. Тәреплер жойбар шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар ҳәм инвестиция көлеми бойынша пикирлесты..jpg)
Сондай-ақ, ушырасыў жуўмағында жойбар шеңберинде белгиленген аймақларға шығып, қурылыс ушын режелестирилген майданлардың жағдайы үйренилди. Олардың инфраструктуралық тәмийнаты, логистика имканиятлары ҳәм техникалық талаплар бар екенлиги көзден өткерилди.
Жойбардың әмелге асырылыўы шеңберинде орайды қурыў, иске түсириў ҳәм эксплуатациялаў басқышларында қосымша жумыс орынлары жаратылады. Соның менен бирге, жоқары тәжирийбели IT-қәнигелер, инженерлер ҳәм изертлеўшилерди таярлаў және тартыў, регионаллық билимлендириў инфраструктурасын раўажландырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылады..jpg)
Бул жойбар Қарақалпақстан Республикасы ҳәм улыўма Өзбекстан Республикасы ушын Орайлық Азияда санлы экономиканы раўажландырыў, технологиялық еркинликти арттырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў жолындағы әҳмийетли басламалардан бири болып есапланады.