Саудия Арабстаны компаниясы менен Нөкис қаласының ыссылық тәмийнатын раўажландырыў бойынша сөйлесиўлер өткерилди
Саудия Арабстаны компаниясы менен Нөкис қаласының ыссылық тәмийнатын раўажландырыў бойынша сөйлесиўлер өткерилди
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмалары тийкарында әмелге асырылып атырған тийкарғы инфраструктуралық жойбарлар шеңберинде бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Саудия Арабстанының ири " Saudi tabreed" компаниясының бас директоры Сулиман Ал-Хливи қатнасыўында видеобайланыс арқалы ушырасыў болып өтти.
Онда тәреплер Нөкис қаласының бар болған ыссылық тәмийнаты инфраструктурасын модернизациялаў, энергия нәтийжелилигин арттырыў және заманагөй ҳәм экологиялық таза технологияларды енгизиў мәселелерин талқылады. Сондай-ақ, жойбар шеңберинде инвестицияларды тартыў, алдынғы халықаралық тәжирийбени қолланыў ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша пикирлесилди.
Компания бас директоры Сулиман Ал-Хливи өз гезегинде орайласқан ыссылық тәмийнаты тараўында әмелге асырылған табыслы жойбарлар тәжирийбеси менен бөлисип, Нөкис қаласында бул бағдарда перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға қызығыўшылық билдирди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер келешекте техникалық-экономикалық тийкарларды ислеп шығыў, маман қәнигелер дәрежесинде сөйлесиўлерди даўам еттириў бойынша келисимге еристи.


