Мәҳәллелердеги белсенди жаслар менен ушырасыў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қала ҳәм районлар мәҳәллелериндеги көше сәрдарлары болған белсенди жаслар менен ушырасты.
Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша меҳири ҳәм итибары менен өз алдына қабыл етилген қарар, пәрманлар, сондай-ақ, усы тийкарда әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслар, турмысымызда кеңнен ен жайдырылып атырған реформалар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Сондай-ақ, өткерилген ушырасыўда әмелий илажлар анық тастыйығы менен көрсетилип, бүгинги күнде даўам еттирилип атырған жумыслар, сондай-ақ, алдағы режелер ҳаққында сөз етилди.
Айрықша мақтаныш пенен айтыў керек, ҳүрметли Президентимиздиң тек ғана Қарақалпақстан ушын 2017-жылдан берли 78 пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилген болып, соннан, ҳәзирги ўақытта 38 ҳүжжеттиң орынланыўы даўам етпекте. Ең тийкарғысы, бул тарийхый ҳүжжетлер тийкарында халқымыз турмысында бурын болмаған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берип атыр. Турмыслық реформалардың әмелий нәтийжелери ҳәр бир шаңараққа кирип бармақта.
Өткерилген ушырасыўда мине усындай ийгиликли илажлар кең түрде сөз етилди.
Өз нәўбетинде, жаслар да айрықша меҳир ҳәм итибар ушын ҳүрметли Президентимизге Қарақалпақстанлы жаслардың атынан терең миннетдаршылықларын жеткериў бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығына усыныс билдирди ҳәм бул усыныс мақулланды.
Буннан соң, жаслар менен жақыннан пикирлесилип, ҳәр бир көтерилген мәселе белгилеп алынды.
Ушырасыў даўамында жәмийетлик жумысларда белсене қатнасып, мәҳәллелерде көпшиликке үлги болып атырған бир қатар жаслар Жоқарғы Кеңес Президиум қарары тийкарында «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.








