Прокуратура органлары хызметкерлери күни кең түрде белгиленди
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Өзбекстан Республикасы Прокуратурасы органлары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, кәсиплик байрамы мүнәсибети менен тараў пидайылары ҳәм ветеранларын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халқымыздың тынышлығын ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлыққа, сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў, нызам үстемлигин тәмийинлеўде айрықша орынға ийе прокуратура органларының жумыс нәтийжелилигин және де арттырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Әлбетте, бундай илажлар нәтийжесинде ең тийкарғы байлығымыз есапланған тынышлық ҳәм миллетлер аралық дослықты сақлаў, пуқаралардың еркинлиги ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа да халық ийгилиги жолында әмелге асырылып атырған жумысларда тараў ўәкиллери пидәкерли жумыс алып бармақта.

Бүгинги өткерилген илажда мине усындай жоқары пазыйлетли жумыслар кең түрде сөз етилди. Сондай-ақ, бир топар тараў ўәкиллери ҳәм ветеранлары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары тийкарында ҳүрметли атақ, көкирек белгилери ҳәм «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Бас Прокуроры буйрығына тийкар бир топар қатардағы хызметшилер арнаўлы шенлер, баҳалы саўғалар менен хошаметленди.
Илаж даўамында «Прокурордың бир күни» саҳналық шығармасы жыйналғанлар нәзерине усынылды





