«Бий аға» көркем филминиң премьерасы болып өтти

Қарақалпақстан көркем өнер сарайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң басламасы менен Нөкис районы ҳәкимлигиниң буйыртпасына тийкар түсирилген «Бий аға» көркем фильминиң премьерасы болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш. Өтемисов, Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов, «Нураний» фондының Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Абдижаббаров, Мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Фильмниң сценарийи ҳәм заманагөй көринислер көпшиликти толқынландырды. Халық көркем өнериниң жаңа идеяларына болған басқа да көплеген әҳмийетли ўақыялар көрсетилди.
Көркем фильмде жақсы атқарған актёр, оператор, режиссёрға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Нөкис районы ҳәкимлиги тәрепинен миннетдаршылық билдирилди.




