Студент-жаслар менен ушырасыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жоқары оқыў орынларындағы белсенди студент-жаслар менен ушырасты.
Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, сондай-ақ, усы тийкарда әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслар, турмысымызда кеңнен ен жайдырылып атырған реформалар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Сондай-ақ, өткерилген ушырасыўда әмелий илажлар анық тастыйығы менен көрсетилип, бүгинги күнде даўам еттирилип атырған жумыслар, сондай-ақ, алдағы режелер ҳаққында сөз етилди.
Соны да айрықша айтыў керек, жақын қысқа ўақыт ишинде Қарақалпақстанда шын мәнисинде тарийхый ўақыялар жүз берди. Тек ғана Қарақалпақстан халқы, исбилерменлери, халықтың барлық қатламлары ушын алдын болмаған жеңилликлер, көплеген имканиятлар жаратып берилди.
Өткерилген ушырасыўда мине усындай ийгиликли илажлар кең түрде сөз етилди.
Буннан соң, жаслар менен жақыннан пикирлесилип, ҳәр бир көтерилген мәселе белгилеп алынды.
Ушырасыў даўамында жәмийетлик жумысларда белсене қатнасып, көпшиликке үлги болып атырған бир қатар жаслар Жоқарғы Кеңес Президиумының қарары менен «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.








