Халықаралық автомобиль жолында жол өткизгишиниң қурылыс жумыслары даўам етпекте

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қараөзек ҳәм Беруний районлары аймағынан өтиўши А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 673-698 км (25 км) бөлегин Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында цемент-бетон қапламасы менен реконструкциялаў белгиленген еди.
Жойбар бойынша 37,32 миллион долларлық шәртнамаларға қол қойылған болып, қурылыс жумысларының сапалы алып барылыўында халықаралық консалтинг компаниялары тартылған. Жойбар шеңберинде автомобиль жолының 690-км бөлегинде еки тәреплеме ҳәрекетти тәмийинлейтуғын жол өткелиниң қурылысы алып барылмақта.
Бүгинги күнде қурылыс жумысларының дәслепки басқышы сыпатында ҳәр бириниң узынлығы 48 метрди, ени болса 9 метрди қурайтуғын жол өткизгишиниң бир жөнелиси бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.
.jpg)
