Басшы ҳәм жаслар ушырасыўы өткерилди
Соңғы жыллары жасларға қаратылып атырған итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланып, усы тийкарда олардың өз қабилетин жүзеге шығарыўы, терең билим ийелеўи, озық ойлы ҳәм ана Ўатанымызға садық хызмет ететуғын пидайы инсанлар болып камалға келиўине барлық имканиятлар жаратылмақта. Бул бағдарда орынларда басшы ҳәм жаслар ушырасыўлары шөлкемлестирилип, олардың тилек-өтинишлерин тыңлаў жумыслары системалы түрде жолға қойылған.

Усындай ушырасыўлар қатарында Нөкис қаласындағы Ақ қуў комплексинде Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри генерал-лейтенант Азиз Ташпулатовтың Қарақалпақстанлы жаслар менен ушырасыўы өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға соның ишинде, Қарақалпақстанлы жасларға болған айрықша итибары ҳаққында кең түрде атап өтти.

Ашық-айдын пикирлесиў усылында өткерилген ушырасыўда жаслар елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет ететуғын бир қатар жаңа идеялары ҳәм басламаларын билдирди. Өз нәўбетинде, барлық пикирлер есапқа алынып, көтерилген машқалаларға орнында шешимин табыў илажлары көрилди ҳәм жаслардың барлық басламалары қоллап-қуўатланатуғынлығы айрықша тилге алынды.
Өткерилген ушырасыў даўамында елимизде ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бағдарында белсендилик көрсетип атырған бир қатар жаслар мүнәсип хошаметленди.
.jpg)

.jpg)

