Нөкис қаласының канализация тармақларын жаңалаў арқалы халықты қыйнап келген машқала өз шешимин табады
Бүгин Нөкис қаласының канализация тармақларын қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларына старт берилиўи мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды халқымыз турмысында әҳмийетли орын тутатуғын ўакыялардан бири болған жаңа жойбар басланыўы мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халықтың кеўил-кейпиятына тиккелей тәсир етиўши инфраструктура объектлерин қурыў бағдарындағы илажлар жаңа басқышларға көтерилмекте.
Мине усындай ийгиликли илажлардың даўамы сыпатында ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 486-санлы қарары тийкарында «Жәҳән банки»ниң 78 млн. доллар қаржылары есабынан Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районларында 286 км канализация тармақлары ҳәм объектлеринде қурылыс жумысларын алып барыў нәзерде тутылған.

Айтып өтиў орынлы, буннан дерлик 50-60 жыл алдын қурылған канализация тармақлары ескирип, бүгинги күн талабына жуўап бермей атырғаны көпшиликтиң кеўил-кейпиятына кери тәсир көрсетип келген.
Бүгин Нөкис қаласының канализациясын жаңалаў мақсетинде басланып атырған жойбар шеңберинде 193,5 км каналиция тармақлары ҳәм 25 насос станциясының қурылыс жумыслары басланбақта. Бул жойбар жуўмағына жеткерилиўи менен қаламыз халқының канализация тәмийнаты 27,6 проценттен 46 процентке жеткериледи.

Сондай-ақ, канализация тармақларынан жыйналған суўлар қайта ислеў арқалы техникалық ҳәм хожалық мақсетлеринде пайдаланыў ушын жарамлы суўға айландырылады ҳәм пуқаралардың қыйтақ жерлерине жеткерип бериў жолға қойылады.
Жақын күнлер ишинде Хожели ҳәм Тақыятас районларында да усы қарар шеңберинде канализация тармақларын жаңалаў жумыслары басланады.
.jpg)

.jpg)

