Бозатаў районында халықтың турмыс жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халықтың абадан турмысын тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар менен танысыў мақсетинде Бозатаў районына барды.
Дәслеп, «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйынында интенсив бағ жаратыў жойбары сондай-ақ, «Қусханатаў» АПЖдағы тоғай хожалығының нәл жетистириў питомниги көзден өткерилди
Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы Бозатаў санаториясында халықты саўалландырыў бағдарында көрсетилип атырған хызметлер менен жақыннан танысты ҳәм санатория имканиятларынан толық пайдаланыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
.jpg)
.jpg)
Районда әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў барысында «Бозатаў» посёлкасындағы «Бозатаў текстиль» кәрханасы тәрепинен тигиў ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў сондай-ақ, «Кенжебек Дәўлетияр» ЖШЖ тәрепинен хызмет көрсетиў ҳәм улыўма аўқатланыў орайын шөлкемлестириў, буннан тысқары, исбилерменлер ушын зәрүр инфраструктура жаратыў арқалы саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин иске түсириў жойбарлары үйренилди. Исбилерменлердиң өз жумысын раўажландырыўы ушын жақыннан жәрдем бериў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Бердақ гүзары бойында жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайдың қурылысы барысы да көзден өткерилип, жумысларды сапалы етип, өз ўақтында орынлаў бойынша анық ўазыйпалар тапсырылды.
.jpg)
.jpg)
«Еркиндәрья» АПЖдағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жылытыў системасы жумыслары да көрип шығылды.
Буннан соң, мәҳәлле ҳәм аўылларда халықтың турмыс жағдайы менен байланыслы еле де шешимин күтип турған мәселелерди белгилеп алыў бойынша нураныйлар ҳәм көше бийлери менен пикирлесилди.
.jpg)
.jpg)