Бозатаў районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери көрип шығылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бозатаў районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Онда халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылыўы тийис жумыслар, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы берилген тапсырмалардың орынланыўы барысы сын көз-қараста қарап шығылды.
Орынлардағы мәселелерди шешиў бойынша барлық имканиятлар бар екенлиги, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен зарүр мүмкиншиликлер жаратып берилгенлиги бирақ, айырым орынларда артта қалыўшылықларға жол қойылып атырғанлығы сынға алынды.
.jpg)

Атап айтқанда, халықтың тиккелей кеўил-кейпиятына тәсир етиўши машқалаларды шешиў бағдарында ишки жолларды оңлаў, аўыр мәҳәллелерди абаданластырыў, қурылыс тараўы, кәмбағаллық реестрине киргизилген шаңарақлар менен ислесиў сыяқлы бир қатар мәселелерде кемшиликлерге жол қойылмақта. Мәжилисте усы сыяқлы машқалалар, жол қойылған кемшиликлер көрсетип берилди.
Өткерилген мәжилис даўамында тез пурсатта ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип, анық тапсырмалар берилди ҳәм өз ўазыйпасын орынлаўда кемшиликлерге жол қойғаны ушын 5 лаўазымлы шахстың лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў тапсырылды. Сондай-ақ, 6 лаўазымлы шахсқа интизамий жаза шарасы қолланылды.
.jpg)