Қарақалпақстан медицина институтына JICA Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң грант бағдарламасы шеңберинде заманагөй хирургиялық үскенелер алып келинди
Жойбар шеңберинде институтқа улыўма баҳасы 2,1 миллион АҚШ доллары болған заманагөй медицинаның әҳмийетли бағдарлары бойынша операция ҳәм диагностика өткериў ушын жоқары технологиялы медициналық үскенелер алып келинди.
Үскенелер қурамалы медициналық араласыўларды жоқары анықлықта ҳәм минимал жарақатлылықта әмелге асырыў имканиятын беретуғын нейроендоскопия, лапароскопия (соның ишинде, балалар хирургиясы ушын), ендоурология ҳәм ендоскопик ЛОР-хирургия системаларын өз ишине алады.
Бул жойбардың әмелге асырылыўы Қарақалпақстанның денсаўлықты сақлаў системасының имканиятларын күшейтиўге жәрдем береди. Минимал инвазив технологиялардан пайдаланыў асқыныўлар қәўпин азайтыў, қан жоғалтыўды азайтыў ҳәм наўқаслардың тиклениў мүддетин қысқартыў имканиятын береди.
Әсиресе, аўыр ҳәм қыстаўлы патологияларға шалынған балалар ҳәм наўқасларды заманагөй емлеў усылларынан пайдаланыў имканиятын кеңейтиў айрықша әҳмийетке ийе. Жойбар халықаралық емлеў стандартларын енгизиў, медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, наўқасларды аймақтан тысқарыға жибериў зәрүрлигин азайтыў, орынларда сапалы ҳәм өз ўақтында медициналық жәрдем көрсетиўге хызмет етеди.



