Тақыятас районы канализация тармақларын жаңалаў жумысларына старт берилди
Бүгин Тақыятас районының канализация тармақларын қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларына старт берилиўи мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды халқымыз турмысында әҳмийетли орын тутатуғын ўақыялардан бири болған жаңа жойбар басланыўы мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимиздиң барлық аймақлары қатарында Тақыятас районында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Усы қатарда, буннан дерлик 70 жыл алдын қурылған 90 барак үй бузылып, онда жасаўшы пуқаралар жаңа турақ-жайларға кѳширилди. Буннан тысқары, усы жылы барлық мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында 52 социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде улыўма баҳасы 316 млрд. сумлық қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген.


Мине усындай ийгиликли илажлардың даўамы сыпатында ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 486-санлы қарары тийкарында «Жәҳән банки»ниң 78 млн. доллар қаржылары есабынан Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районларында 286 км канализация тармақлары ҳәм объектлеринде қурылыс жумысларын алып барыў нәзерде тутылған.
Бүгин Тақыятас районы канализация системасын жаңалаў мақсетинде басланып атырған жойбар шеңберинде 77,5 км канализация тармақлары ҳәм 6 дана насос станциясының қурылыс жумыслары алып барылыўы режелестирилген. Бул жойбардың толық жуўмақланыўы нәтийжесинде район халқының канализация тәмийнаты ҳәзирги 13 проценттен – 42 процентке жеткериледи.
Сондай-ақ, канализация тармақларынан жыйналған суўларды қайта ислеў арқалы техникалық ҳәм хожалық мақсетлеринде пайдаланыў ушын жарамлы суўға айландырылады ҳәм пуқаралардың қыйтақ жерлерине жеткерип бериў жолға қойылады.



