Қылышпазларымыз Жәҳән кубоги басқышында гүмис медальды қолға киргизди
218
Грузияның Тбилиси қаласында өткерилген қылышпазлық бойынша жәҳән кубогы беллесиўлеринде Өзбекстанның қызлар командасы жоқары нәтийже көрсетип, гүмис медальды қолға киргизди.
Кескин беллесиўлер астында өткерилген кубог жарыслары ярым финалында командамыз Грузия командасы үстинен исенимли жеңиске ерисип, екинши орынға мүнәсип деп табылды. Финалда болса, азғана әўмет жетиспеди.
Командамыз қурамында Фернанда Еррера, Наргиза Утебаева, Аякөз Жумамуратова, Наргиза Жақсыбаевалар жеңиске мүнәсип үлесин қосты.
