Кегейли районында халықтың турмыс жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар көзден өткерилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Жүзим бағ» АПЖ аймағында 5 гектар майданда Бантликке көмеклесиў фонды қаржылары есабынан жаңадан қурылып атырған «KEGEYLI GREEN HOUSE»» теплицасы қурылыс жумыслары менен танысты.
Буннан соң, «Бахытлы» МПЖ аймағындағы имаратта жасларды шет тиллерге оқытыў ҳәм жаңадан шөлкемлестирилген «Айти-Орай» ының жумыслары сондай-ақ, Халқабад посёлкасындағы емлеўханада жаратылған шараятлар көзден өткерилди.
«Ийшан қала» МПЖ аймағындағы киши санаат зонасында әмелге асырылыўы белгиленген жойбарлар барысы да көрип шығылып, жуўапкерлерге исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша анық тапсырмалар берилди.



Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы халық ушын мәдений дем алыў орынларын шөлкемлестириў бағдарында «Жылўан жап» МПЖ аймағында «Зарбдор тәжирийбеси» тийкарында канал бойында дем алыў орнын шөлкемлестириў жойбары, «Нурлы-бостан» МПЖ аймағында дем алыў орны ҳәм жаңа хызмет көрсетиўши субектлерди шөлкемлестириў жойбары менен жақыннан танысты.
Районда әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары, атап айтқанда, «Жаңа Өзбекстан» массивиндеги көп қабатлы жайларды қурыў, сондай-ақ, «Халқабад» посёлкасындағы көп қабатлы жайлар ушын канализация тармақларын қурыў жумыслары көрип шығылып, қурылыс жумысларын өз ўақтында, сапалы етип питкериў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Буннан соң, мәҳәллелердеги инфраструктура менен байланыслы машқалаларды шешиў бағдарында ҳәр бирине 3 млрд .сумнан ажыратылған «Жаңабазар» ҳәм «Абат» аўыл пуқаралар жыйынлары пуқаралары менен жақыннан пикирлесилип, ажыратылған қаржыларды өз орнында ислетилиўин қадағалаўда мәҳәллениң нураный-ақсақаллары, жасы үлкенлери белсенди қанасыўы керек екенлиги атап өтилди.