Кегейли районын ҳәр тәреплеме раўажландырыў мәселелери көрип шығылды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Кегейли районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги белгиленген ўазыйпалар, әмелге асырылыўы тийис илажлардың ҳәм алдынғы мәжилисте берилген тапсырмалардың орынланыўына арналған мәжилис өткерилди.

Мәжилисте дәслеп, алдынғы мәжилис дәўиринде белгилеп берилген тапсырмалардың бүгинги күнде орынланыўы, мәҳәллелерди абат етиў, инфраструктура менен байланыслы машқалаларды шешиў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жойбарлардың әмелге асырылыўы, пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаў барысында ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери сын көз-қараста көрип шығылды.
Соның менен бирге, пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў, кәмбағаллықты қысқартыў, жаңа кәрханалар жумысларын шөлкемлестириў, көп қабатлы үйлерди қурыў, қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен ен жайдырыў, исбилерменликти раўажландырыў бойынша да тапсырмалардың орынланыўы мәселелери де талқыланды.
.jpg)
Онда сондай-ақ, бул жумысларды әмелге асырыўда айырым жуўапкерлердиң өз ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарап атырғаны сынға алынып, кемшиликлер атап өтилди.
Буннан тысқары, өз ўазыйпасын атқарыўда қәте-кемшиликлерге жол қойған айырым жуўапкерлерге интизамий жаза-шарасын қоллаў, зәрүр болса, лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

