Шымбай районында жаңа жойбарлар көрип шығылды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы «Шахтемир» мәҳәллесиндеги жаңадан қурылып атырған спорт комплекси, сондай-ақ, усы орында исбилермен басламасы менен жаңадан шөлкемлестирилип атырған «Өсербай Шабандоз» ат спорты клубы қурылыс жумысларын көзден өткерди. Қурылыс жумысларын сапалы етип жуўмақлаў, сондай-ақ, исбилерменниң жойбарын толық иске түсириўи ушын барлық жәрдемлерди көрсетиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
.jpg)
Буннан соң, «Занг тех» кәрханасы тәрепинен ийирилген жип ислеп шығарыў жойбары жумыслары көрип шығылып, өнимлердиң экспорт потенциалын арттырыў бойынша исбилермен менен жақыннан бирге ислесиў керек екенлиги атап өтилди.
«Көкши қала» мәҳәллеси аймағында жайласқан кәрхана улыўма 199,2 млрд. сум қаржы тийкарында иске түсирилип атырған болып, жылына 4 мың тоннадан артық, улыўма 80 млрд. сумлық өним ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Кәрхана толық қуўатлықта иске түсирилиўи менен 300 жумыс орны жаратылады ҳәм жергиликли турғынлардың бәнтлиги тәмийинленеди.


Жоқарғы Кеңес Баслығы жуўапкерлерге бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, районда исбилерменлердиң санын арттырыў, жаңа өндирис кәрханаларын ашыў керек екенлигин айрықша атап өтти.
