Шымбай районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери кең түрде талқыланды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикалық ҳәм районлық мәкеме-шөлкемлер жуўапкерлери қатнасыўында Шымбай районын раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Онда районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин, мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери көрип шығылды.
Атап өтиў орынлы, районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша арнаўлы бағдарлама тийкарында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген. Буның ушын қаржылық дереклери ҳәм имканиятлар да жаратылған.

Бирақ, айырым орынларда мәкеме-шөлкем басшылары ҳәм жуўапкерлер, сондай-ақ, мәҳәлле белсендилери тәрепинен кемшиликлерге жол қойылмақта.
Мәжилис даўамында өз ўазыйпасын атқарыўда қәте-кемшиликлерге жол қойған жуўапкерлерге интизамий жаза шарасы қолланылып, зәрүр болса лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
.jpg)
