«Жаслық» посёлкасы пуқаралары менен ушырасыў өткерилди
«Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында әмелий жумыслар бүгинги күнниң баслы мақсетине айланып үлгерген. Усы тийкарда пуқаралардың машқалаларына шешим табыў бойынша республикамызда да бир қатар жумыслар алып барылып, бул бағдарда алыс, шетки аймақлар турғынлары да итибардан шетте қалмай атыр.
Усындай әмелий илажлардың даўамы сыпатында бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздың ең шетки аймақларынан бири болған «Жаслық» посёлкасы пуқаралары менен ушырасты.

Өткерилген ушырасыўда аймақ турғынларының машқалалары тыңланып, орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Жуўапкерлерге ўақыт талап етилетуғын мәселелер бойынша анық тапсырмалар берилип, ҳәр бир көтерилген усыныс белгилеп алынды.
Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында «Жаслық» посёлка пуқаралар жыйынына да «Жаңа Өзбекстан келбетиндеги мәҳәлле» статусы берилип, 5 млрд. сум қаржы тийкарында посёлкада кең көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылыўы белгиленип, инфраструктура менен байланыслы машқалаларға шешим табылыўы режелестирилген.
.jpg)

Өткерилген ушырасыўда алдағы ўазыйпалар ҳәм белгиленген жумыслар ҳаққында атап өтилип, барлық машқалаларға басқышпа-басқыш шешим табылыўы айрықша тилге алынды.