Ҳүрметли ўатанласлар!

Сиз, әзизлерди, елимиздеги барлық мөмин-мусылманларды ҳәм пүткил халқымызды мүбәрек Рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, барлық жақсы тилеклерди билдиремиз.
Кеўиллеримиз қуўанышқа ҳәм жақсы тилеклерге толған бул бахытлы ҳәм қуўанышлы демлерде бәринен бурын усындай теберик күнлерге жеткергени, Рамазан айын тынышлық-татыўлықта, шаңарағымыз, ел-журтымыз бенен аўызбиршиликте күтип алып атырғанымыз ушын Жаратқанға шексиз шүкирлер етемиз.
Халқымыз әсирлер даўамында уллы диний қәдирият, сақыйлық ҳәм мийрим-шәпәәт тымсалы сыпатында қәдирлеп киятырған бул уллы әййям кейинги ўақытта жәмийетлик турмысымызда және де беккем орын ийелеп атырғаны, әлбетте, бәршемизди қуўандырады.
Биз инсан қәдирин оның диний тараўдағы ҳуқықлары ҳәм мәплери менен өз-ара байланыслы ҳалда көремиз. Сонлықтан, сонғы жыллары елимизде диний қәдриятларымызды тиклеў, бийбаҳа илимий-ағартыўшылық мийрасымызды үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.
Жәмийеттеги социаллық-руўхый орталықты және де жақсылаў, ҳәр бир инсанның, бәринен бурын жаслардың, өмирде мүнәсип орын ийелеўине жәрдемлесиўге қаратылған адамгершилик руўхындағы ислеримиздиң әҳмийетин халқымыз, әлбетте, жақсы түсинеди ҳәм оларды әмелге асырыўға белсене қатнасады, деп беккем исенемиз.
Әзиз ўатанласлар!
Сизлерди, пүткил халқымызды елимизде кеңнен белгиленип атырған мүбәрек Рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге саў-саламатлық, бахыт-ығбал, шаңарақларыңызға тынышлық, қут-берекет тилеймиз.
Ана Ўатанымыз тыныш, турмысымыз абадан болсын!
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы