Қараөзек районында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Қараөзек районына барды.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары районлық Абаданластырыў басқармасы жумыслары менен жақыннан танысты. Бул жерде жаңадан шөлкемлестирилген ыссыхана жумыслары көзден өткерилди.

.jpg)
Буннан соң Тоғай хожалығы ыссыханасы ҳәм питомнигинде шөлкемлестирилген жумыслар үйренилди. Жаңадан алып келинген техникалар ҳәм терек нәллерин жетистириў бойынша қолланылып атырған жаңа технологиялар көзден өткерилип, алдағы ўазыйпалар бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
.jpg)
Райондағы 2-санлы техникумда жасларды кәсипке бағдарлаў бойынша шөлкемлестирилген жумыслардың барысы да барып көрилди. Оқыўшыларды заманагөй ҳәм талап жоқары кәсиплерге оқытыў бойынша анық илажлар көрилиўи керек екенлиги атап өтилип, бул жерде кәсип үйретиў сапасын жақсылаў бойынша машқалалар да көрип шығылды. Имаратта қосымша қурылыс жумысларын алып барыў ушын зәрүр техникалық тийкарларды таярлаў бағдарында илажларды көриў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
.jpg)
