Нөкис - Атыраў жөнелиси бойынша авиақатнаўлар жолға қойылады!
209

Усы жылдың 29-март сәнесинен "Centrum Air" авиакомпаниясы тәрепинен "Нөкис - Атыраў - Нөкис" жөнелиси бойынша авиақатнаўлар жолға қойылады.
Пәрўазлар ҳәптесине еки мәрте - пийшемби ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылады.
🛫 Ушыў ўақты 2 саат.
Бул бағдар Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы транспорт байланыслығын беккемлеў, экономикалық ҳәм мәдений бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етеди.
Авиабилетлерди рәсмий веб-сайт ҳәм авиакассалар арқалы сатып алыў мүмкин.