«Миллий қадриятлар атласы» китабының презентациясы өткерилди
Бүгин Арқа-Батыс әскерий округынде «Миллий қадриятлар атласы» китабының презентациясына арналған илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов шығып сөйлеп, руўхый байлығымыз ҳәм миллий қадриятларымызды өзинде сәўлелендирген жаңа әҳмийетли китаптың халқымыз нәзерине усынылып атырғаны мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында миллий қадриятларымызды қайта тиклеў, тарийхый мийрасларымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм келешек әўладқа жеткериў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

.jpg)
Мине усындай ийгиликли жумыслар қатарында миллий қәдириятларымызды илимий-методикалық жақтан улыўмаластырып, санластырыў ҳәм халқымызға жеткериў ушын Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен алып барылған илимий излениўлер нәтийжесинде «Миллий қәдириятлар атласы» фундаментал китап-альбоми таярланып, баспадан шығарылды. Китап улыўма сегиз жөнелисти өз ишине алған болып, ҳәр бир аймақтың өзине тән миллий өзгешеликлери ҳәм қадриятлары кең түрде сәўлелендирилген.
Әлбетте, бул китаптың баспадан шығарылыўы ана Ўатанымыздың руўхый брендин дүняға танытыўға хызмет етеди.
Өткерилген илаж даўамында китаптың мазмун әҳмийетине арнарған видеоролик, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.

.jpg)