Сырт елли дипломатларға Қарақалпақстанның инвестициялық ҳәм санаат потенциалы таныстырылды
Бүгин сырт мәмлекетлер елшиханаларының дипломатлары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери регионымыздың инвестициялық, туризм, экспорт потенциалы менен танысыў мақсетинде елимизге келген еди.
Дәслеп мийманларға Қарақалпақстанда жаратылған шараятлар ҳәм жаратып берилген имканиятлар кең түрде таныстырылды. Буннан соң, ири инвестициялық жойбарлар жумыслары барып көрилди.
.jpg)
Сырт елли мийманлар И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, «Саҳрадағы лувр» экспонатлары менен жақыннан танысты.
Аралбойы халықаралық инновация орайында Арал теңизи қурыўының ақыбетлерин жумсартыў бағдарында әмелге асырылып атырған жойбарларда көзден өткерилди.
Буннан соң улыўма баҳасы 67 млн. доллар болған, жылына 50 мың тоннаға шекем өним ислеп шығарыў қуўатлығына ийе «KARAKALPAK BASALTWOOL» кәрханасы жумыслары барып көрилди.

.jpg)
Сондай-ақ, мийманлар улыўма баҳасы 48,5 млн. доллар болған, жылына 18 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарыў қуўатлығына ийе ҳәм 400 жумыс орнын жарататуғын «Нөкис ССП Технопарк» кәрханасы менен жақыннан танысты.
Елимиздиң экспорт потенциалына үлес қосатуғын және бир кәрхана - жылына 640 мың метр радиатор өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлығына ийе болатуғын «Osten Technologies» кәрханасы жумыслары да барып көрилди.

